Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Енди егин егилмеген ямаса абаданластырылмаған қыйтақ жер ушын 3 есе жер салығы төленеди



Өзбекистан Республикасы Салық кодексиниң 291-статьясына Жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәм үй-жайды абаданластырыў ушын берилген жер участкаларының қыйтақ жер бөлегине аўыл хожалығы егинлери егилмеген ямаса оны абаданластырмаған жағдайларда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте 3 есе муғдарда жер салығы төлениўин белгилеўши қосымша киритилди. Бул ҳаққында Мәмлекетлик салық комитети Жәмәәтшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлими хабар бермекте, деп жазады kun.uz.
Бул қосымша Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги ПҚ-3318-санлы қарары менен тастыйықланған Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери искерлигин еле де раўажландырыў, олардың егин майданларынан нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў бойынша илажлар Бағдарламасының 3-бәнтинен келип шығып, Өзбекистан Республикасының 2017-жыл 29-декабрьдеги «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2018-жылға белгиленген тийкарғы жөнелислери қабылланғанлығы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-454-санлы нызамы менен киритилди.
    2018-02-12 07:34:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine