Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Әмиўдәрья районы пахта тапсырыў жобасын орынлады



Әмиўдәрья районы фермерлери 2018-жылдың өними ушын 32 мың 524 тонна пахта тапсырып, мәмлекет алдындағы жыллық шәртнамалық жобасын артығы менен орынлады, деп жазады Amunews.uz сайты.
Быйылғы жылы райондағы 510 фермер хожалығының 15 мың 550 гектарлық жерине шигит егилип, ҳаўа райының қыйыншылықларына қарамастан бир тегис ғаўаша алыўға еристи.
Суўғарыў жумысларын өз ўақтында нәтийжели алып барыў ушын Қытай Халық Республикасында ислеп шығарылған 30 дана киши көшпели дизель насосларының жеткерип берилгени де өз нәтийжесин берди.
Пахтаны терип алыў ушын ықтыярлылық тийкарында 300 терим отрядлары қәлиплестирилди.
Теримшилерге барлық шараятлар жаратып, алдынғы теримшилер тез-тезден хошаметлеп барылды.
Район бойынша жәми 24 млрд сумнан артық нақ пул терим ҳақы сыпатында тарқатылды. Айрықша атап өтетуғын жери, өндирилген 32 мың тоннадан аслам өнимниң тийкарғы бөлеги биринши сортлы пахта деп табылғаны фермерлердиң мол дәрамат алыўын тәмийинледи.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2018-10-29 16:42:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine