Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Елликқаладағы «Сафа» мешити жаңадан қурылмақта



Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының басламасы ҳәм Өзбекстан мусылманлары басқармасы келисими менен республикадағы тозыўы жетип, авария аўҳалға келген мешитлерди қайта қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Алдын хабар бергенимиздей усындай тозыўы жетип, жергиликли исбилерменлер көмеги менен қайта қурыў жумыслары басланған Беруний районы «Хайырлы баба» мешитиниң қурылыс жумыслары тез пәт пенен исленбекте. Усындай қайырлы истиң даўамы Елликқала районы «Амирабат» аўыл пуқаралары жыйынындағы «Сафа» мешитинде басланды. Мешиттиң биринши гербишин қойыў мәресими салтанатлы түрде болып өтти.
Онда район ҳәкими С.Аўезов, нураный, мийнет ветераны А.Тажиев, Өзбекстан мусылманлары басқармасы ўәкили А.Шакиров, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ҳәм район бас имамы И.Атажановлар жаңада қурылып атырған мешитиң биринши гербишин қойды. Мәресимде қәўендерлер, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар ҳәм ҳажы аталар қатнасты.
Усындай саўаплы ислерге жақыннан жәрдем берген жергиликли қәўендерлер, жумысшы ҳәм қурылысшылар ҳақында дуўалар етти…
 
Исламатдин Алланов.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
    2018-10-17 11:29:52 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine