Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Электр энергиясынан пайдаланыўда арнаўлы система жолға қойылады: бир абонентке 300 киловатт



Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги 897-санлы «Жанылғы-энергетика ресурсларының баҳа ҳәм тарифлерин басқышпа-басқыш өзгертиў ҳаққында»ғы қарарына тийкар 2019-жылдың 1-январынан баслап тәжирийбе сыпатында Ташкент қаласының Юнусобод районында тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясын үнемлеў ҳәм мақсетли пайдаланыў ушын арнаўлы система жолға қойылыўы режелестирилмекте.
“Ўзбекэнерго” АЖ баспасөз хабарына қарағанда, халық тутыныўы ушын электр энергиясы базалық нормасы айына абонентке 300 кВт. саат етип белгиленеди.
Халық тәрепинен әмелде пайдаланылған электр энергиясының базалық нормадан артқан бөлеги ушын – белгиленген тарифге 1,2 есе өсиўши коэффициентти қоллаў әмелиятын енгизиў белгиленди.
Бул әмелият сынақтан өтсе, 2019-жылдың 1-июлына шекем электр энергиясы тутыныўы базалық нормаларын республика бойынша әмелде қолланылыўы енгизиледи.
    2018-11-28 17:39:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine