Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Электр энергиясы бойынша қарыз ушын пеня есапланатуғын болды



Электр энергиясы бойынша қарыз ушын пеня есапланатуғын болды, деп жазды Norma.uz.
Атап өтилиўинше, процесс 2019-жыл 11-февральдан тикленген. 2017-жыл 1-январьдан «арнаўлы көрсетпе» берилгенге шекем электр энергиясынан қарыздарларға пеня есапланбай атырған еди. Еслетип өтемиз, турмыслық тутыныўшылар пайдаланған электр энергиясы ушын қарыздар болғанда, төлеў мүддети ҳәр бир күн ушын мүддет өткенде сумманың 0,1% и муғдарында, бирақ мүддети өткен төлеў суммасының 50% инен көп болмаған муғдарда пеня төлейди. 2019-жыл 1-январьдан кейин электр энергиясын есаплаў приборы көрсеткишлери жазып алынғанынан ҳәм әмелге асырылған қайта есаплаўлардан соң, сондай-ақ, белгиленген тәртипте киргизилген алдын ала төлем есапқа алынған жағдайда, есаплаў дәўиринен кейинги айдың 11-күнинен баслап турмыслық тутыныўшының анықластырылған қарыздарлық суммасынан пеня өндириледи.

ҚХА.
 
    2019-02-28 11:36:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine