Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Экология тараўындағы хызметкерлер материаллық хошаметленеди



Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети хызметкерлери мийнетине хақы төлеў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Реже менен, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети орайлық аппараты, оның шөлкемлестириў дүзилмесине киретуғын Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабына финансластырылатуғын аймақлық бөлимлери ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлери, сондай-ақ, комитет системасына киретуғын хожалық есабынадағы мәмлекетлик унитар карханалары ҳәм мәмлекетлик мәкемелери хызметкерлериниң мийнетке хақ төлеў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў тәртиби белгиленди.
Режеге көре, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет шөлкеми болмаған шөлкемлер хызметкерлериниң мийнетке хақы төлеў, сондай-ақ, қосымша мийнет кепилликлери төмендегилерди өз ишине алады:
 - лаўазым айлықлары (тариф ставкалары);
 - лаўазым айлықларына қосымшалар ҳәм үстемелер;
 - мийнеттиң жуўмақлаўшы нәтийжелерине көре белгиленген сыйлықлар.
Хызметкерлердиң лаўазым айлықлары төмендеги жағдайларда өзгертиледи:
 - Президент қарары менен белгиленген ең кем айлық ис хақы муғдары асырылғанда;
 - Хызметкер усы шөлкемде басқа лаўазымға өткенде ямаса хызметкерге жоқары маманлық разряды берилгенде.
Бюджет шөлкеми болмаған шөлкемлер хызметкерлерине шөлкемлердиң өз қаржылары есабынан лаўазым айлығына төмендеги қосымшалар ҳәм үстемелер белгиленеди:
 - Кәсиплерди қосып орынлағанлық ҳәм хызмет көрсетиў аймағын кеңейгенлик ушын – әмелде орынланған жумыслар ушын;
 - Дем алыс ҳәм байрам күнлеринде ислегени ушын – саатбай тариф ставкасынан келип шыққан ҳалда еки есе муғдарда;
 - Узақ мүддет ислегенлиги ушын лаўазым айлығы процентлер есабынан – ҳәр шерекде усы режеде белгиленген муғдарларда.
 - Бюджет шөлкемлери хызметкерлерин хошаметлеў төмендеги тәртипте белгилениўи мүмкин:
 - байрам күнлеринде;
 - орайлық аппарт ҳәм аймақлық басқармалардың хызмет ўазыйпаларын шын кеўилден ҳәм нәтийжели орынлап атырған жоқары маман, басламашы хызметкерлерге жеке үстемелер;
 - жыл жуўмақлары менен айырықша басламашы ҳәм жоқары маман хызметкерлерди, сондай-ақ, хызметкердиң напақаға шығыўы мүнәсибети менен қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықлаў;
 - мәмлекетлик сыйлықлары, хүрмет жарлықлар менен сыйлықланғанлығы ушын айлық ис хақының бир есесине шекем хошаметлеў.
Бюджет шөлкеми болмаған шөлкемлер хызметкерлерин хошаметлеў ҳәм оларға белгиленетуғын қосымша ҳәм үстеме төлемлер муғдарлары тийисли шөлкемлердиң баслықлары тәрепинен финанслық имканиятлардан келип шыққан ҳалда белгиленеди.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2019-01-11 16:14:00 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine