Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы тайынланды



Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң 2018-жыл 17-март күнги 191-шт-санлы буйырығына тийкар Казбек Жумабаевич Артыков Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.
Казбек Жумабаевич Артыков 1984-жыл 11-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас қаласында туўылған. Мағлыўматы жоқары. 2005-жылда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Юридика факультетин тамамлаған. 
К.Артыков мийнет искерлигин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде баслаған. 2005-2010-жылларда министрликтиң Шәртнамалы ҳуқықый ислерди қадағалаў бөлиминде ис жүритиўши, бөлим жетекши мәсләҳәтшиси, 2010-2011-жылларда Исбилерменлик ҳуқықларын қорғаў бөлими бас мәсләҳәтшиси, 2011-2012-жылларды Сырт ел инвестициялары ҳәм сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларды ҳуқықый қорғаў бөлими баслығы лаўазымларында жумыс ислеген.
Өзиниң мийнет жолын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде даўам еттирип, 2012-2016-жылларда Жоқарғы Кеңес Аппаратының улыўма бөлим жетекши қәнийгеси, 2016-2017-жылларда мәмлекетлик-ҳуқық бөлими бас қәнийгеси, 2017-жылдан 2018-жылдың 16-февраль күнине шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Аппараты комитетлер менен ислеў бөлими нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары мәселелери бойынша бас қәнийгеси лаўазымларында жумыс ислеген.
Алдын Казбек Жумабаевич Артыков Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң 2018-жыл 16-февраль күнги 92-шт-санлы буйырығына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары лаўазымына тайынланған еди.
 
Дерек: kruz.uz
    2018-04-02 12:21:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine