Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Әдиллик министрлиги қурамына кирмеген колледжлерде юристлерди таярлаў тоқтатылады



Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң юридикалық қолледжлеринде оқыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң юридикалық колледжлерине оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Оған көре, юридикалық колледжлерде оқыўға қабыл етиў министрлик тәрепинен белгиленген қабыл квоталары шеңберинде төлем-контракт тийкарында әмелге асырылады.
Кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери, Меҳрибанлық үйлери тәрбияланыўшылары, сондай-ақ, көзи әззи абитуриентлер қабыл квоталарынан тысқары министрлик тәрепинен арнаўлы ажыратылған орынларда қабыл етиледи. Усы оқыўшылар нызам ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик грант тийкарында оқыйды.
Режеге муўапық, сырт ел пуқараларын юридикалық колледжге оқыўға қабыл етиў белгиленген тәртипте өткерилетуғын сәўбет нәтийжеси бойынша әмелге асырылады.
Сондай-ақ, қарар менен 2019-2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги дүзилмесине кирмеген колледжлерде  “Юриспруденция”, “Ҳуқықтаныўшылық”, “Социяллық қорғаў ҳуқықтаныўшысы” бағдарлары ҳәм қәнийгеликлери бойынша оқыўшыларды таярлаў тоқтатылады.
Бул тәртип 2019-жыл 1-апрелден әмелге киргизиледи.
Еслетип өтемиз, министрлик структурасында ҳәр бир аймақта биреўден-
14 юридикалық колледж шөлкемлестирилген.
 
Әдиллик министрлигиниң Телеграм каналы
https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-10-25 17:01:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine