Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Дыққат! Бийпул компьютер курсларына мәрҳәмәт



“Жаслар - келешегимиз” мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги - Қарақалпақстан Республикасындағы 18 жастан 30 жасқа шекемги болған жәмлеспеген жаслардың мәлимлеме-коммуникация тараўындағы билим ҳәм көңликпелерин арттырыўға қаратылған қәнигелестирилген бийпул компьютер курсларына мирәт етеди.
Компьютер саўатханлығы, компьютер усташылығы, графикалық сүўретлеў дизайнери ҳәм заманагөй Web-бағдарламалаў тиллери бойынша шөлкемлестирилген усы оқыў курсларында оқыўды қәлеўши жаслар Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасына мүрәжат етиўине болады.
Жоқарыда атап өтилген оқыў курслары: 
компьютер саўатханлығы – 24 саат;
компьютер усташылығы – 24 саат;
графикалық сүўретлеў дизайнери – 48 саат;
заманагөй Web-бағдарламалаў тиллери – 48 саат етип белгиленген.
Оқыў курслары 2018-жылдың 1-ноябринен баслап Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы имаратының арнаўлы ханаларында алып барылады.
Әҳмийетли тәрепи, усы оқыў курсларын тамамлаған барлық жаслар арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланады.
Ҳәзирги ўақытта усы оқыў курсларында оқыўды қәлеўши жасларды дизимге алыў жумыслары даўам етпекте.
Дизимнен өтиў ушын аймақлық басқарманың depnukus@mitc.uz электрон мәнзилине ҳәм (861) 222-14-52 телефон номерлерине мүрәжат етиўиңизге болады.
 
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы
    2018-10-24 15:23:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine