Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Додалаў: Өзбекстанда жер меншиклестириледи. Исбилерменлерге де бундай ҳуқық берилиўи мүмкин



2019-жыл 1-июльға шекем пуқаралар ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар жеке турақ жай қурылысы ҳәм жасаў үйлери ушын ажыратылған жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе болыўы мүмкин. Аўыл хожалығы жерлери меншиклестирилмейди. Бул ҳаққындағы Президент қарары жойбары Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары додалаўы порталына додалаўға қойылды (https://regulation.gov.uz/uz/document/956).
Ҳүжжетте айтылыўынша, бул жойбардың қабылланыўы экономикаға шет ел ҳәм ишки инвестицияларды тартыўға көмеклеседи.
Жойбарға муўапық, физикалық шахслардан тысқары юридикалық шахслар ҳәм жеке исбилерменлерге де өзлери ушын ажыратылған имаратлар, ислеп шығарыў инфраструктурасы объектлерин меншиклестирип алыў ҳуқықы берилиўи мүмкин.
Жер улыўма миллий байлық екени есапқа алынып, жер участкалары шет ел пуқаралары ҳәм юридикалық шахсларға сатылмайды.
Жер участкаларын меншиклестириў 2021-жыл 1-январьға шекем кадастр баҳасы тийкарында баҳаланады.
2021-жыл 1-январьдан кейин болса базар баҳасында баҳаланады. Бул ҳаққында Turon24 хабар берди.
    2018-10-18 14:51:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine