Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Дәриханалар дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды үйлерге жеткерип береди



Усы жылдың декабрь айында Өзбекистанда жаңа интерактив сервис хызметлери жолға қойылады. Бул ҳаққында мәмлекетимиз Президентиниң 14-февральда қабылланған «Фармацевтика тармағын тез раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында айтылған, деп жазады «Халқ сўзи онлайн». Яғный, тараўда жаңа информация порталы ҳәм мобиль қосымшалар жаратылады. Олардың жәрдеминде жерлеслеримиз тек ғана зәрүр дәрилер бар аптеканы таўып қоймастан, ал оны реал ўақыт режиминде сатып алыўлары мүмкин. Өз нәўбетинде, зәрүр жағдайларда сатып алынған дәри-дәрмақлар ҳәм медицина буйымларын тийисли дәриханалар тәрепинен халыққа жеткерип бериўин тәмийинлеў де нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, халық бул қолайлық жәрдеминде аптеканың лицензиясы бар екенлигин де анықлап алады.
Өзбекистан Республикасы Информация технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жойбар орынлаўшысы етип белгиленди.
 
    2018-02-15 12:23:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine