Den sawlıqtı saqlaw xızmetkerleriniń kásiplik bayramı belgilendi
Derek: kknews.uz
Усы жыл 9-ноябрь күни Нөкистеги кино-концерт залында Медицина хызметкерлери күни байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Илажда бир топар тараў хызметкерлерине кәсиплик байрам мүнәсибети менен «Ардақлы нураний» ҳәм «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы байрам концерти қойып берилди.
Усындай байрам илажлары районларда да өткерилди.