Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Дамас»лар орнын «Пежо»лар ийелейди



Өзбекстанда “Damas” автомашиналарында жолаўшыларды тасыўды басқышпа-басқыш “Peugoet” микроавтобусларына өткериў бағдарламасы әмелге асырылады. Бул ҳаққында Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги баслығы орынбасары Шоолим Шоваҳобов айтып өтти, деп жазады «Халқ сўзи онлайн»
“Uzbekistan Peugeot Citroen Automotive” Өзбекстан-Франция автомобиль заводы өз өнимлериниң биринши дүркинин усы жылдың декабрь айында жеткерип бериўди режелестирмекте. Бул жерде еки маркадағы – “Пежо боксер” (10-12 түрдеги модификациялы) ҳәм “Пежо эксперт” (7 модификация) ислеп шығарылады. Жылына биринши түрдеги модель 3 мың, екиншиси болса 13 мың дана етип таярланады.
Бүгин жеке тасыўшылар арасында “Damas” өзиниң экономикалық үнемлилиги менен жүдә белгили. Бирақ, бул түрдеги транспорт қуралы жолаўшылар ушын жүдә қолайсыз есапланып, айрықша жағдайда қәўипсиз емес.
Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги баслығының орынбасары Шоолим Шоваҳобовтың айтыўынша, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде жолаўшы тасыўда 36 мың “Damas”тан пайдаланылып атыр.
Мәлим болыўынша, жана микроавтобуслар қолайлы, қәўипсиз ҳәм басқарыў ушын қолайлы, сондай-ақ, бензин жумсаў жағынан үнемли.
 
    2018-03-28 07:11:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine