Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Чехиядағы Силезия университети доктаранты ТИТУ Нөкис филиалында инглис тилинде студентлерге сабақ бермекте



ТИТУ Нөкис филиалында тараўға тийисли раўажланған шөлкемлер, компаниялар ҳәм жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў жақсы жолға қойылған. Мәксет студент жаслардыӊ заманагөй билим ийелеўи ушын еледе қолай шәрәятлар жаратыў, дүньядағы раўажланган университетлер тәжирийбелерин алмасыў саналады.
ТИТУ Нөкис филиалында Опавадағы Силезия университети доктаранты Турсынбай Утеев физика пәнинен инглис тилинде студент  жасларға сабақ бермекте.
- Бүгинги заман жаслары шет тиллерин жақсы билиўи ҳәм өз таӊлаған бағдары бойынша толық билимге ийе болыўы лазым. Буныӊ ушын студентлер 1-курсынан баслап, өз қәлеўи тийкарында илимий жумысын таӊлап тиккелей сол бойынша пуқта жумыс алып барыўы керек. Сондай-ақ, илимий жумысы бойынша жеке тәризде ойлап тапқан идеяларын жаӊалықларын семинар-тренинглер арқалы басқаларға түсиндирип барыўы да әҳмийетли.  Әне сонда ғана илим раўажланады - дейди,Чехияның Опава қаласындағы Силезия Университети доктаранты Турсынбай Утеев.
Инглис тилинде физика пәнинен тәлим алып атырған студент жаслар доктаранттан көплеген мағлыўматларға ийе болмақта. Әлбетте бундай тәжирийбе алмасыўлар жаӊа инновациялық, илимий жаӊалықларды жаратыўда тийкар болыўы сөзсиз.
Мағлыўмат ушын, Турсынбай Утеев Өзбекстан Миллий университети «Физика» факультети бакалавр ҳәм магистратура тәлим бағдарларын тамамлаған. Студент ўақтында Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Астрономия институты ҳәм Халықаралық қуяш институтында, жумыс ислеген. Бүгинги күни Опавадағы Силезия университети доктаранты. Ол Астрофизика илиминде “Black hole”(Қара қурым) бағдарында илимий жумыс алып бармақта.
 
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети
    2018-11-09 11:46:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine