Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

​Бүгин Өзбекстанның арқа-батысына Уралдан суўық ҳаўа ағымлары кирип келди. Бирақ жақында күн тағы жылыйды



15-октябрь күни Өзбекстанның арқа-батысына Уралдан суўық ҳаўа ағымлары кирип келди. «Ўзгидромет» орайының мағлыўматларына қарағанда, бүгин түнде Қарақалпақстан, Хорезм ўәлаяты ҳәм Наўайы ўәлаятының арқасында жамғыр жаўыўы, айырым орынларда болса күшли жаўын гүзетилиўи мүмкин. Күн даўамында ығал ҳәм суўық ҳаўа ағымы пүткил республика аймағына тарқалды.
«Жақын күнлер ишинде республикамыз аймағында жаўын жаўады, айырым орынларда күшли жаўын жаўады ҳәм қарға айланыўы мүмкин. Самал тезлиги асып, секундына 15-20 метрге шекем, күшейгенде 25 метрге шекем жетиўи мүмкин», делинген хабарда.
Суўық ҳаўа ағымлары республикамыз аймағында узақ даўам етпейди. 18-октябрьде ҳаўа райы 10-15 градусқа көтериледи ҳәм оннан кейин де жылып барады. 23-октябрьге келип күндиз температура 15-20 градусты қурайды.
    2018-10-15 16:35:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine