Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Болажақ сайлаўға арналған республикалық әмелий семинар өткерилди



Усы жыл 13-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўдың ҳуқықый тийкары» атамасында республикалық әмелий семинар болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Сағындық Турманов басқарып барды.
Илажда болажақ сайлаўға таярлықтың барысы, комиссия ҳәм жумысшы топар ағзаларының ўазыйпалары ҳаққында сөз етилди.
Республикамызда бүгинги күни 256 мәҳәлле, 142 аўыл, 13 посёлкалық, жәми 411 пуқаралар жыйынында сайлаўға таярлық жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Сайлаўды 323 улыўма билим бериў мектеби, 55 академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжи, 3 жоқары оқыў орны, 7 мәденият үйи, 12  пуқаралар жыйыны ҳәм 1 емлеў мәкемеси имаратында өткериў режелестирилген.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-03-18 11:32:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine