Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

БМШтың Аралбойы аймағы ушын траст фонды жумыс баслады




Усы жылдың 27-ноябрь күни БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас имаратында Аралбойы аймағы ушын инсан қəўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фонды жумысының жолға қойылыўына бағышланған Инсан қəўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фондының презентациясы ҳəм «Турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли стратегияларды өз ишине алған аймақлық ҳəм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў» атамасындағы БМШтың жоқары дəрежедеги мəжилиси болып өтти. 
Илажда сөзге шыққан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш фондтың жумыс баслаўы менен Арал машқаласынан жəбир көрип атырған аймақ тарийхында жаңа бет ашылыўын атап өтип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы траст фондын шөлкемлестириў басламасын жоқары баҳалады ҳəмде халықаралық жəмийетти усы фондты қаржыландырыўға белсене қатнасыўға шақырды.  
Өзбекстан ўəкиллери Аралбойын жақсылаў бойынша мəмлекетимиз тəрепинен əмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында толық мағлыўматлар берди. Делегация қурамында усы илажда қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов өз шығып сөйлеўинде бүгинги күнде тек ғана Орайлық Азия емес, ал пүткил дүнья жəмийетшилигиниң глобаль машқаласына айланып үлгерген Арал машқаласы, теңиздиң бүгинги аўҳалы, Аралбойы халқының турмыс тəризи, экологиялық жағдай ақыбетинде жүзеге келип атырған қолайсыз шараятлар ҳəм бул жағдайды жақсылаў жолында ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында əмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, Арал бойында жасап атырған халық тек ҳүкиметимиз тəрепинен берилетуғын жəрдемге емес, ал, пүткил дүнья кең жəмийетшилигиниң жəрдемине мүтəж екенлигин де атап өтти.
2010-жылы сол ўақыттағы БМШтың Бас хаткери Пан Ги Мун ҳəм 2017-жылы ҳəзирги ўақыттағы Бас хаткери Антониу Гутерриштиң мəмлекетимизге, соның ишинде, Аралбойына сапары ўақтында бул аймақтағы экологиялық жағдай менен жақыннан танысыўы ҳəмде Мойнақ районы халқы менен ушырасыўы Арал апатшылығы тек БМШның емес, ал пүткил дүнья кең жəмийетшилигиниң дыққат орайында екенлигиниң дəлили деп айтты. Соның менен бирге, усы фонд шеңберинде жəҳəн жəмийетшилигиниң Арал машқаласы əтирапында жəне де көбирек бирлесиўине ҳəм олардың Аралбойы аймағындағы бүгинги аўҳалды жақсылаў жолындағы алып барылып атырған ийгиликли ислерге өз үлеслерин қосыўына исеним билдирди. Барған сайын пүткил халықаралық жəмийеттиң ҳəрекетлерин бирлестириўди талап етип атырған Арал теңизиниң экологиялық кризисине халықаралық шөлкемлер менен донор мəмлекетлердиң итибарын еле де көбирек қаратыў кереклигин де айтып өтти.
Траст фондының шөлкемлестириў басламасын Япония, Норвегия, Нигерия, Қазақстан, Израил мəмлекетлери, сондай-ақ, бир қатар мəмлекетлик емес шөлкемлер ўəкиллери қоллап-қуўатлады. Норвегия делегациясы болса өз ҳүкимети тəрепинен Аралбойы халқына жəрдем көрсетиў фондына 1,2 млн. АҚШ долларын ажыратыўға қарар еткенлигин мəлим етти.
Əлбетте, өз жумысын баслаған инсан қəўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фонды жақын жыллар ишинде өзиниң унамлы нəтийжесин берип, Аралбойы халқының турмыс дəрежесин жақсылап, келешекке болған исенимин жəне де арттырыўға ҳəмде пүткил дүнья кең жəмийетшилигин тəбият инəмларынан нəтийжели пайдаланыўға шақырары сөзсиз. 
 
    2018-11-29 17:08:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine