Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Бирге ислесиў меморандумына қол қойылды



«Өзбекстан ҳәм Қытай: «Бир мәкан, бир жол» басламасын биргеликте әмелге асырыў перспективалары» темасындағы халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге келген Қытай Халық Республикасы делегациясы «Раўажланыў стратегиясы» орайында болды.
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында заман талапларынан келип шыққан ҳалда елимизди раўажландырыўды буннан былай да жеделлестириўдиң ең әҳмийетли тийкарғы бағдарлары белгиленген.
Ушырасыўда «Раўажланыў стратегиясы» орайының жумысы, оның жумыс жүргизиў тәртиби ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Шанхай жәмийетлик илимлер академиясы партия комитетиниң хаткери Юй Синхуэ жаңаша ҳәм заманагөй руўхта шөлкемлестирилген орайдың жумысын жоқары баҳалады. Шанхай жәмийетлик илимлер академиясы ҳәм орай арасындағы байланысларды жолға қойыў, соның ишинде, кадрлар таярлаўда ҳәм маманлығын арттырыўда бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.
Илаж шеңберинде «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм Шанхай жәмийетлик илимлер академиясы арасындағы өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳаққында Қаракалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
 
    2018-05-16 07:13:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine