Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Bayramǵa arnalǵan jarıs bolıp ótti



 
Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен Арқа-батыс әскерий округиниң командир кубогы жарысы өткерилди. 2019-жылдан берли өткерилип атырған бул турнирде жаслар тосықлар жолын жеңиў, гранатаны узаққа ылақтырыў, нышаналарға пневматикалық қуралдан атыў ҳәм және басқа физикалық сынақлардан өтти.
Октябрь айында басланған жарыста Нөкис қаласындағы 10 мектеп ҳәм Үргениш қаласынан 10 мектеп оқыўшылары қатнасқан.
Финал басқышында Нөкисте ҳәм Үргениште ең жоқары нәтийжеге ерискен 5 мектептен қатнасты. Жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола Үргениш қаласындағы 28-мектеп оқыўшылары жеңимпаз болды. Нөкистеги 19- ҳәм 36-санлы мектептиң оқыўшылары сәйкес түрде екинши ҳәм үшинши орынды ийеледи.
 
    2020-01-13 13:05:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine