Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Байланысларымыздың жаңа басқышы



Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов басшылығындағы республикамыздың делегация ағзалары Қазақстанның Манғыстаў ўәлаятында болып қайтты. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Биринши аймақлараралық бирге ислесиў форумы шеңберинде өткерилген илаж қатнасыўшыларын ўәлаят ҳәкимлигинде қабыллаў мәресими болды. Онда атап өтилгениндей, еллеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып бармақта. Быйылғы жылдың Қазақстанда Өзбекстан жылы, келеси жылдың Өзбекстанда Қазақстан жылы деп белгилениўи  буның айқын дәлийли.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Манғыстаў ўәлаяты арасында  саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша  меморандумға қол қойылды. Республикамыз делегациясы ўәлаяттағы аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўындағы жетекши кәрханалардың жумыслары менен танысты.
Сапар соңында республикамыздан барған «Зар Дил Дилбар, «Устюрт Groop Текстиль», «Назлымхан Арзайым», «Эркин Расулов Асалчи», «Береке» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери менен Манғыстаў ўәлаятының «Kaz.Fruit» ҳәм «Назир» жәмийетлери ўәкиллери арасында улыўма баҳасы 10 миллион 200 мың АҚШ доллары муғдарында шәртнама дүзилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы
    2018-11-26 17:13:37 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine