Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Бас прокуратура Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги лаўазымлы шахсларына жынаят исин ашты



Бас прокуратура тәрепинен сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлигиниң лаўазымлы шахсларына Жынаят кодексиниң бир неше лаўазым жынаятлары факти менен жынаят иси ашылды. Бул ҳаққында Бас прокуратура баспасөз хызмети мәлим етти.
Тергеў ҳәрекетлери даўамында Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги директоры Р.И., агентлик директор орынбасары У.Н., агентлик бөлим баслығы А.А. ҳәм сектор баслығы О.М.ға 2018-жыл 16-ноябрьде айыплаў жәрияланып, оларға қамақ илажи қолланылды.
Тергеў сыры принципи пенен ис бойынша басқа мағлыўмат әшкара етилмейтуғыны айтылған.
    2018-11-29 12:11:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine