Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Бас министр Абдулла Арипов Азербайжанға барады



Өзбекистан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы Өзбекистан делегациясы 30-октябрь күни Азербайжанға барады. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги хабар берди.
Сапардан гөзленген мақсет — «Боку-Тбилиси-Карс» темир жол линиясы ашылыў мәресиминде қатнасыўдан ибарат.
РИА Новости мағлыўматларына қарағанда, илажда Азербайжан, Қазақстан ҳәм Туркия Президентлери ҳәм Грузия Бас министриниң қатнасыўы күтилмекте.
«Боку-Тбилиси-Карс» темир жол линиясы Азербайжан, Грузия ҳәм Туркия мәмлекетлер аралық келисимине муўапық қурылады. Коридордың жүк өткериў қәбилети жылына 17 миллион тоннаны қурайды, деп жазады «Газета.uz»басылымы.
 
    2017-10-30 12:57:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine