Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелери тәрбияшыларының базалық тариф ставкасы 1,5 есеге көтерилмекте



Өзбекстан Республикасы президенти «Жетим балалар ҳәм ата-анасының ғамхорлығынан айырылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарын тастыйықлады, деп жазады ЎзА 
Ҳүжжет пенен Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Финанс министрлигиниң:
2019-жыл 1-марттан «Меҳрийбанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларының басшы хызметшилери ҳәм тәрбияшылары, сондай-ақ, барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелери тәрбияшыларының базалық тариф ставкасын 1,5 есеге арттырыў ҳәм оны улыўма билимлендириў мектеплериниң тийислилигинше басшы ҳәм педагокалық хызметшилери базалық тариф ставкасының 75 проценти дәрежесинде белгилеў;
2019-жыл 1-октябрьден «Меҳрийбанлық» үйлери, балалар қалашалары басшы хызметшилери ҳәм жоқары мағлыўматлы тәрбияшылары ҳәм барлық түрдеги халық билимлендириў мәкемелери жоқары мағлыўматлы тәрбияшылардың базалық тариф ставкалары муғдарларын улыўма билимбериў мектеплериниң тийисли басшы ҳәм педагок хызметшилери базалық тариф  ставкаларына теңлестириў, бунда айырым пәнлер терең үйретилетуғын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери тәрбияшылары ушын нәзерде тутылған үстемени бийкарлаў ҳаққындағы усыныслары мақулланды.
    2019-02-12 16:04:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine