Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Барлық районларда мүтәж 111 хожалыққа хожалық буйымлары жәрдем ретинде бериледи. Нәўбет қоңыратлыларға



Елимизде “Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы”нда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, жәмийетте өз-ара аўызбиршилик, меҳир-мириўбет, кеңпейиллик ҳәм қайыр-сақаўат орталығын жәнеде беккемлеў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Усындай унамлы ислер қатарынан және бир қайырлы баслама орын алды. Яғный, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрь күнги «Ҳалықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3268-санлы қарарына муўапық, кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмәәтлик фонды ҳәм басқада жәмәәтлик шөлкемлер тәрепинен дүзилген исши топарлар орынларда кем тәмийинленген шаңарақлардың аўҳалын, үй-жай менен тәмийинлеў, жасап атырған үйлерин ремонтлаў, турмыслық электр хожалық буйымлары менен тәмийинлеў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў мүтәжликлери бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Усы қайырхомлық илажларды өткериўден мақсет – республикамыз аймақларындағы жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж инсанлардың кеўлин көтериў ҳәм турмыс жағдайын жақсылаў жумысларына ылайық үлес қосыў болып есапланады.
Усы жылдың 26-декабрь күни Қоңырат районындағы Мәденият ҳәм халық дем алыў орайында 111 кем тәмийинленген шаңарақларға 55 773 000 (елиў бес миллион жети жүз жетпис үш мың) сўмлық хожалық техника үскенелери район ҳәкимлиги, Қарақлпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, мәҳәлле қайырхомлық фонды ўәкиллери қатнасыўында салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Илажда сондай-ақ, қатнасыўшыларға мәденият ислери бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берлди.
Ҳәр бир аймақ бойлап әмелге асырылған бул қайырхомлық илажлары мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы мәмлекет ҳәм ҳүкиметимиз итибарында екениниң айқын дәлийли бола алды.
 
    2017-12-27 11:34:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine