Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Банклер нақ валюта бере баслады



Апрель айынан баслап физикалық шахслар халық аралық төлем карталарына сатып алынған валютаны нақ көринисте алыўлары мүмкин. Халық аралық төлем карталарына валюта алды-саттысында да физикалық шахслардың есап бетлерин аралықтан турып басқарыў системасы енгизилген, деп жазады Norma.uz
2018-жыл 23-марттағы «Банк хызметлери ғалабалығын арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3620-санлы қарарды орынлаў мақсетинде бул жаңалықлар енгизилди, деп хабар береди Орайлық Банк.
Орайлық банктиң еслетиўинше, қарыйдарлар төлем карталары арқалы нақ валютаны банк кассасынан алып атырғанында шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт ямаса оның орнын басыўшы ҳүжжет) тийкарында қарыйдар идентификацияланады.
Буннан тысқары, коммерциялық банклер нақ валюта алынатуғын банкоматлар санын турақлы көбейтип барады ҳәм усы жыл соңына шекем 1000 нан артық банкомат орнатылады.
 
    2018-04-05 11:45:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine