Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Аўыллық жерлер еле де абат болады



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы “Абат аўыл” бағдарламасын 2018-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен буннан былай аўыллық елатлы пунктлерде көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылады.
Бағдарлама шеңберинде районлар орайларынан аўылларға шекем болған жоллар, аўыллардың орайлық көшелери ҳәм асфальт пенен қапланған жоллар оңланады, аўыллардың асфальтсыз ишки жолларына қум-шағыл тас төселип, тротуарлар бетон менен қапланады.
“Абат аўыл” бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлердеги көп қабатлы турақ жайлар фондын жақсылаў, улыўма пайдаланыўдағы бөлимлерди ҳәм майданларды (фасад, подъезд, текше, жайдың төбеси, подвалы, тротуар, балалар майданшалары) оңлаў, турмыслық инфраструктура объектлерин (сыртқы санитария тармақлары, тандырхана) жайластырыў ҳәм қоршаған аймақты тәртипке келтириў бойынша эскиз жойбары ислеп шығылып, жумыслар усы илажлар тийкарында әмелге асырылады.
Буннан былай бағдарламаға киргизилген аўылларда шығындыларды жыйнаў пунктлери қурылып, оларды системалы рәўиште жыйнаў, алып кетиў ҳәм утилизация етиў жумыслары жолға қойылады.
Еслетип өтемиз, «Абат аўыл» бағдарламасы шеңбериндеги жумыслар Беруний районының  «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйыны, «Хорезм» ҳәм «Палваш» мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында да қызғын жүргизилмекте. деп мәлим етти Қарақалпақстан хабар агентлиги.
 
    2018-04-02 11:49:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine