Айдаўшының мәс жағдайда екенлигин алкотестер жәрдеминде анықланады
Транспорт қураллары айдаўшыларының мәс жағдайда екенлигин анықлаў тәртиби ҳаққындағы реже 2018-жыл 14-декабрь куни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиде мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Режеге муўапық, айдаўшылардың алкоголли ишимликлер тәсиринде мәс жағдайда екенлигин анықлаў ишки ислер органының Мәмлекетлик жол ҳарекети қәўипсизлиги хызмети (МЖҲҚХ) хызметкерлери тәрепинен амелге асырылады.
Айдаўшылардың мәс жағдайда екенлигин анықлаў бойынша тексериў алкотестер (ҳаўаға шығарылған этанол пуўларын анықлаўшы ҳәм тексериў нәтийжелерин қағазда көрсетиўши арнаўлы техникалық қурал) жәрдеминде әмелге асырылады.
Төмендегилер айдаўшылардың алкоголли ишимликлер, нәшебенлик затлары тәсиринен ямаса өзгеше тәризде мәс жағдайда екенлигин анықлаў ушын тексериў өткериўге тийкар болады:
- айдаўшының аўыз бослығынан алкогол ийиси шығыўы;
- айдаўшы бир жағдайда туўры тура алмаўы (шайқалып турыўы);
- айдаўшы сөйлеўиниң бузылғанлығы;
- айдаўшы қол бармақларының қалтыраўы;
- айдаўшы бет териси реңиниң сезилерли өзгергенлиги.
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme