Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Awır jaǵdayda jasap atırǵan hayallarǵa jańa turaq jaylar tapsırıldı



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-апрельдеги «Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жайының шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзан турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында қурылған бул турақ жайлар аўыр социаллық жағдайға түсип қалған 16 пуқараға, соның ишинде 14 ҳаялға басланғыш төлемсиз берилди.
Өткен жылы бағдарламаға тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы бойынша аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, атап айтқанда, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған, турақ жайға мүтәж жәми 145 ҳаял-қызға турақ жай берилди. Олардың басланғыш төлемлери республика бюджетинен тысқары қаржылар ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети Жәмийетлик фонды есабынан төленди. Быйыл да аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаяллардың турақ жай менен байланыслы машқалаларына әмелий шешим табыў мақсетинде илажлар даўам еттирилмекте.
Әмиўдәрья районында 14 ҳаялға жаңа турақ жайлардың гилтлерин тапсырыўға арналған илаж болып өтти.
 
    2019-06-28 16:22:05 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine