Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Ардақлаў» сыйлығы өз ийелерине тапсырылды



27-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында «Ардақлаў-2016» жылдың ең жақсы номинацияларын тапсырыў кешесине бағышланған концерт бағдарламасы болып өтти.
 
«Ўзбекнаво» эстрада бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Икрам Абдикаликовтың берген мағлыўматына қарағанда, 2014-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлигиниң басламасы менен өткерилип киятырған «Ардақлаў»  сыйлығы мәмлекетимизде түрли тараўларда пидайи мийнет ислеп киятырған, өз кәсибиниң маман қәнийгелерин, олардың дөретиўшилигине еле де күш қуўат бериў, және де илҳамландырыў мақсетинде жаңа жыл байрамы алдынан берилип келинбекте. Сонлықтан да, бул сыйлықтың әҳмийети оғада үлкен. Усы мәресимде сыйлықланған инсанлар өз тараўының сондай-ақ, өз нәўбетинде карақалпақ көркем-өнериниң раўажланыўына да үлкен үлес қосыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлигиниң бас қәнийгеси Гүлбаҳар Жүзимбетованың айтыўы бойынша усы жылғы сыйлықлаўға ҳәр түрли тараўлардан 120 дан аслам талабанлар қатнасқан.
Бул жылы сыйлықлаў мәресиминде 35 номинация бойынша 45 инсанға «Ардақлаў-2016» статуэткасы тапсырылды.
Сыйлықлаўдың дәслепки номинациясы  «Көркем-өнердеги пидайылығы ушын» болып Бийбираба Өтепбергенова бириншилерден болып сыйлықланды.
Халық артистиниң бизге берген интервьюинде ол, - Халқымызға ҳақ жүрек пенен хызмет етсең ҳәмме ўақыт ислеген мийнетиң алдыңнан шығады. Өзимниң бир нийетим бар еди, өмиримниң ақырына дейин халқыма хызмет еткеймен, деген, мине бүгин усы нийетимниң орынланғанлығының гүўасы болып турман. Усы нәўбетте өсип киятырған жасларды халқына ҳадал хызмет ететуғын, ҳәмийше халық ардағында болатуғын инсанлар болып жетилисиўин тилеймен, - деди өз қуўанышын көрсетип.
Усы номинацияда лауреат болған Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясынан  Назира Жақсымуратова да биз бенен өз тәсирлерин бөлисти, - 2016-жыл Қарақалпақстан телеканалы жәмәәти ушын айрықша табыслар жылы болды. Жыл даўамында жәмәәтимиз журналистлери, дөретиўши хызметкерлери Республика көлеминде, сондай-ақ, мәмлекетлик көлемдеги бир қатар таңлаўларда, айрықша атап өтетуғын «Алтын қәлем» таңлаўында да үлкен жетискенликлерге еристи. Мине жыл жуўмағында усындай азы-кем мийнетлеримди жоқары баҳалап «Ардақлаў» сыйлығына мүнәсип деп тапқан екен, әлбетте бул бизиң көп санлы аудиторияға ийе телеканалда мийнет етип атырған дөретиўшилердиң, редактор, режиссёрлардың барлығының табысы деп ойлайман ҳәм өз нәўбетинде сыйлық шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығымды билдирип қаламан, деди.
«Нөкис-ФМ» радиосы жәмәәти ушын да қуўанышлы хабар болған жаңалықлардың бири жәмәәтимизден Бегзат Алланиязовтың «Жылдың ең жақсы радио баслаўшысы»
номинациясында сыйлықланыўы болды.  Әлбетте, кәсиплесимизди өз тәсирлери менен бөлисиўге шақырдық: - Мениң ушын бул сыйлық жумысымды еле де жақсы алып барыўым ушын, усы сыйлыққа жараса радио тыңлаўшыларымыздың алдында еле де жуўапкершиликти сезиўим ушын үлкен жол-жоба, қанат бағышлаўшы сыйлық болды. Сондай-ақ, «Нөкис-ФМ» радиосының жәмәәти ушын да берилген сыйлық деп билемен, себеби, радиомыздың турақлы тыңлаўшыларына да берилген үлкен исеним деп ойлайман ҳәм усы сыйлыққа мүнәсип көргени ушын да сыйлықлаў шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығымды билдиремен.
***
Төменде сыйлықлаў салтанатында қойылған номинациялар ҳәм оларда жеңимпаз болғанлар дизими менен танысың.
«Көркем-өнердеги пидайылығы ушын»
Бийбираба Өтепбергенова;
Райхан Сапарова;
Дәлибай Мәмбетмуратов;
Назира Жақсымуратова;
Мақсет Утемуратов;
Қуўат Шарапов.
 
«Ең жақсы театр режиссёры»
Амангелди Кудайназаров.
 
«Жылдың ең жақсы актёры»
Базарбай Назарымбетов.
 
«Жылдың ең жақсы актрисасы»
Арзыхан Наўрызова.
 
«Жылдың ең жақсы художниги»
Мухаммаддин Байгелдиев.
 
«Жылдың ең жақсы сес режиссёры»
Караматдин Заретдинов.
 
«Жылдың ең жақсы композиторы»
Шарапатдин Пахратдинов.
 
«Жылдың ең жақсы қурылысшысы»
Абат Миришов.
 
«Жылдың ең белсенди фольклор этнографиялық ансамбли басшысы»
Ажинияз Шарипов.
 
«Жылдың ең белсенди мәденият ҳәм спорт ислери бөлими баслығы»
Тилеўмурат Пиримбетов;
Жалғас Жийемуратов.
 
«Көркем-өнер тараўында айрықша мийнетлери ушын»
Қабыл Арзымбетов;
Қуўанышбай Жапаров.
 
«Қәдирлеў, еслеў, ҳүрмет!»
Жақсылық Матжанов;
Масуатдин Есщанов;
Полат Жүгинисов;
Қонысбай Есемуратов.
 
«Жылдың ең жақсы телевидение дикторы»
Алтынгүл Жумабаева.
 
«Жылдың ең жақсы радио баслаўшысы»
Бегзад Алланиязов.
 
«Жылдың ең жақсы радиожурналисти»
Азат Шарипов.
 
«Жылдың ең жақсы музей хызметкери»
Венера Ким.
 
«Жылдың ең жақсы китапханашысы»
Қәдир Сапарниязов.
 
«Жылдың ең жақсы тренери»
Мансур Шашимов.
 
«Жылдың ең жақсы спортшысы»
Рустам Жангабаев.
 
«Жылдың ең жақсы үмитли спортшысы»
Дастан Алламбергенов.
 
«Жылдың ең жақсы спорт маликасы»
Холида Баймуратова.
 
«Жылдың ең жақсы жаслар спорт тренери»
Қуўаныш Сабуров.
 
«Жылдың ең жақсы спорт мектеби басшысы»
Улуғбек Жуманиязов.
 
«Жылдың ең көп жетискенликлерге ерискен спортшысы»
Жаҳангир Юлдашев.
 
«Жылдың ең белсенди шөлкемлестириўшиси»
Амангелди Садыков.
 
«Жылдың ең жақсы иллюзионисти»
Юлдашбай Қалбаев.
 
«Жылдың ең жақсы клипмейкери»
Алишер Қәллибеков.
 
«Жылдың ең жақсы балетмейстери»
Алмагүл Қалилаева.
 
«Жылдың ең жақсы ойын аткарыўшы жигит»
Баҳадыр Жуманазаров.
 
«Жылдың ең жақсы ойын атқарыўшы қыз»
Лида Сейтмуратова.
 
«Жылдың ең жақсы аранжировкашысы»
Қуўат Әметов.
 
«Жылдың ең жақсы опера атқарыўшысы»
Роза Қутекеева.
 
«Жылдың ең жақсы қосығы»
Алишер Алламбергенов.
 
«Жылдың ең белсенди қосықшысы»
Әрепбай Алланиязов.
 
«Жылдың ең жақсы эстрада қосықшысы»
Гүлнара Мунтеева
 
Сыйлықлаў мәресими қарақалпақ көркем-өнер хызметкерлериниң концерти менен даўам етти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы С.Турманов ҳәм бир қанша министрликлер, ведомствалар баслықлары ҳәм ҳәр түрли тараўларда Қарқалпақстанға мийнети сиңген тулғалар қатнасты.
 
 
 
    2017-01-01 11:24:21 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine