Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Аралдың түбинен екинши булақтың көзи табылды



Президентимиздиң басламасы менен мине үш айға шамалас ўақыттан берли Арал теңизиниң қурыған ултанында сексеўил егиў жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли иске тек республикамыздан ғана емес, ал,  елимиздиң барлық ўәлаятларынан көмекшилер қатнасып, бүгинги күнге 400 мың гектардан зыят майданға сексеўил егилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев «Арал бойын абат етейик» жойбарына белсене қатнасқан тараў қәнигелерине, жумысшылар менен механизаторларға терең миннетдаршылық билдирди. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан алғыснама жәриялап, ҳәр бирине ақшалай сыйлықлар тапсырды.
Илажда көмекшилерге дастурхан жайылып, көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Жақсы хабардың қанаты бар дейди халқымыз. Усы күни Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақтың көзи табылды. Қәнигелердиң атап өткениндей, жақын күнлерде усындай 50 орында геологиялық излеў жумыслары алып барылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.
    2019-03-05 18:05:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine