Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Аралдан көтерилип атырған дузлы шаңды иркиўши бирикпе ойлап табылды



28-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Қубла Арал бойы биологиялық ҳәр түрлилигин сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаўдың экологиялық мәселелери» атамасындағы илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференцияда баянат жасаған Россия Илимлер Академиясының профессоры, Арал теңизине 21 мәрте экспедиция шөлкемлестирген П.Завь-яловтың айтыўына қарағанда, ҳәзирги ўақытта Арал теңизиниң Қарақалпақстан аймағындағы шығыс ҳәм батыс бөлеклеринде суўдың дузлылық муғдары 120-160 грамм/литрди қурайды. Ҳәзирги ўақытта теңиздиң сақланып қалған суўында сағақ аяқлы шаянлар – артемиялар ҳәм олардың цисТалары, фито-планктонлар ҳәм бентос сыяқлы тиришилик түрлери ушырасады. Буннан тысқары конференция даўамында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети докторанты Мақсет Ибрагимов Арал теңизиниң қурыған ултанында жүзеге келген дузлы шаңлардың ҳаўаға көтерилиўин тоқтатып туратуғын полимерли бирикпе жаратылғанын айтты. Илимпаздың айтыўынша, ҚМУ-1, ҚМУ-2 деп аталған полимерли бирикпе шорлы топырақ ҳәм шөл жерлерди 8 мм қалыңқа шекем қатырып қояды. Бул 3 жылға шекем сол қәлпинде сақланады. Нәтийжеде теңиздиң қурыған ултанындағы жерлерден көтерилетуғын дузлы шаңлар көтерилиўиниң алды алынады.
 
    2018-11-29 12:10:45 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine