Аралбойы инновация орайына 45 гектарға шамалас жер майданы ажыратылды
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы инновация орайына 45 гектарға шамалас жер майданы ажыратылды.
Арал теңизиниң қурып қалған бөлегиндеги шорланған жерлерде илимий-изертлеў ҳәм әмелий жумыслардың көлемин кеңейтиў, экосистеманы жақсылаў ҳәм аймақта мүнәсип турмыс шараятын жақсылаў, изертлеўлер менен инновациялардың алдынғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған Аралбойы халықаралық инновация орайының жумыс жолға қойылмақта.
Соның ишинде, орайдың илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў ҳәм тәжирийбе майданларын шөлкемлестириў ушын Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 24,3 гектар, сондай-ақ, Аралбойы аймағына бейимлескен өсимликлердиң туқымлығы менен нәлшелерин шөлкемлестириў ушын Мойнақ районы “Тик өзек” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 20,3 гектар жер майданлары ажыратылды.
Усы тәжирийбе майданларында туқымлық пенен нәлшелерди жетилистириў жумыслары 2019-жылдан баслапәмелге асырылатуғыны белгилеп берилген.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, усы илажлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-октябрдеги “Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы аралбойы халықаралық инновация орайын шөлкемлестириў 8аққында”ғы ПҚ-3975-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети