Арал ултанында жаңа газ кәнлери көбеймекте
«Үстирт геофизика экспедицияси» филиалы жәмәәти бүгинги күнде Үстирт кеңислиги ҳәм Арал бойы аймақларында шет ел («Лукойл», “Eriell”) компаниялары менен биргеликте тәбийғый жер асты байлықларын излеў ҳәм изертлеў жумысларын алып бармақта. Жақында олар тәрепинен төменги Сүргил кәни ашылып, оны өзлестириў бойынша жумыслар баслап жиберилди.
Ҳәзирги күнде Үстирт регионында 4200 метрге шекемги тереңликте жайласқан төменги юра қатламларынан газ ҳәм газ конденсаты өнимлерин алыўға ерисилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.