Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Арал ултанына сексеўил егиў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында



Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы Тоғай хожалығы бөлими тәрепинен  нәл егиўге таярланған сексеўил туқымын егиў жумыслары шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, қарықлар жарылып, қамыслардан ибарат самалдан қорғаўға арналған қурылмалар, арнаўлы техника жәрдеминде сексеўил туқымын егиў жумыслары әмелге асырылмақта, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Өткерилген илажларға жәми мыңнан аслам адам қатнаспақта. Соннан 250 ден асламы таярланған туқымларды қапларға жайластырыўға, 687 си жер орнын таярлаўға ҳәм егиўге қатнаспақта. Олардың 530 ы басқа ўәлаятлардан келип жумыс ислеп атырғанлар. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў ушын тартылды. Бул  жумысларға 416 техника тартылды.
Бүгинги күнде сексеўил егиў ушын жәми 131 мың гектардан аслам жер майданы таярланды. Таярланған жер майданының 37 мың 157 гектарына 187 мың 705 килограмм сексеўил туқымы егилди.
Усы күнге шекем жәми 579 мың 149 килограмм сексеўил туқымы таярланды. Соннан жергиликли халық тәрепинен 70 мың 349 килограмм сексеўил туқымы жыйналған. Жумысшылардың мийнет ҳақылары ўақтында төленип, оларға жәми 975 миллион сум ақша мийнет ҳақы ушын берилген. Бул жумысларға ўәлаятлардың да қосып атырған үлеси үлкен. Атап айтқанда, Наўайы ўәлаяты 103 мың 100, Бухара ўәлаяты 196 мың 700, Қашқадәрья ўәлаяты 35 мың 900 килограмм сексеўил туқымын таярлады. Қарақалпақстан Республикасының басқа районларынан 173 мың 100 килограмм сексеўил туқымы таярланып, туқымлардың 80 мың килограммнан асламы егиў ушын әкелинди.
7-январь күни жәрдемге республикамыз районларынан қосымша 32 техника ҳәм 32 механизатор Мойнақ районына жетип барды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
 
    2019-01-09 15:59:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine