Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» фестивалында балықтан 112 түрли тағам таярланды



Алдын хабар еткенимиздей, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўинде республикамызда еки күн даўамында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте. Илаждың екинши күни  Мойнақ районында даўам етти. Райондағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы болып өтти. Фестиваль шеңберинде таңлаў өткерилди. Илаж қатнасыўшылары шебер аспазлар тәрепинен таярланған балық тағамларының, миллий өнерментшилик, қол мийнети үлгилериниң көргизбелери менен танысты. Катерлерде саяхат етип, көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасын тамаша етти.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген таңлаўға Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм Хорезм ўәлаяты жәмийетлик аўқатланыў кәрханаларынан 70 тен аслам аспаз, кәсип-өнер колледжлеринде аспазлық бағдары бойынша билим алып атырған оқыўшы жаслар, үй бийкелери өзлериниң балықтан таярланған 112 түрли тағамы менен қатнасты. Таңлаў жуўмағында балықтан 78 түрли тағам таярлаған Мойнақ районы аспазлары биринши, Хорезм ўәлаятының аспазлары екинши, Әмиўдәрья районының аспазлары үшинши орынды ийеледи.
Байрам тамашаларына елимиздиң көплеген жерлеринен мийманлар, шет еллерден туристлер қатнасты.
 
    2017-10-27 07:18:20 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine