«Анҳор-Локомотив» бағында Өзбекстандағы ең бийик жабық аттракцион ашылды
Ташкент қаласындағы «Анҳор-Локомотив» бағында «Анҳор юлдузи» деп аталған жаңа аттракционның ашылыўы болып өтти.
Ең бийик ноқаты 72 метр болған бул аттракцион 48 жабық түрдеги кабинадан ибарат болып, олардың 8 и VIP категориясына киреди. Булардың ҳәммеси әжайып шырақлар ҳәм байрамға тән болған иллюминация менен безетилген болып, пайтахт көринисин жоқарыдан тамашалаў ушын барлық шараятлар жаратылды. Бир ўақыттың өзинде 272 адамға хызмет көрсететуғын аттракционның толық бир мәрте айланыўы 12 минутты қурайды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.