Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ámiwdáryada aldıńǵı fermerge “Cobalt” sawǵa etildi



Derek: karinform.uz
 
Усы жылдың 6-октябрь күни Әмиўдәрья районы ҳәкими Султанбай Йўлдашев районындағы Толқын, Күйик көпир аўыллары ҳәм Намуна мәҳәллесинде өз искерлигин жүргизип киятырған фермерлер, алдынғы теримшилер менен ушырасып, пахта жыйын-теримине қатнасып атырғанларға миннетдаршылық билдирди. Белсенди теримшилерди қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықлады. Аймақтағы ең жоқары өнимдарлыққа ерискен Күйик көпир аўылындағы «Сардор суўшы» фермер хожалығының баслығы Орынбай Матякубовқа район ҳәкими Cobalt автомашинасын саўға етти, деп жазады amunews.uz. Бул жылы районда биринши мәрте пахтаны кластер усылында жетилистириў әмелияты жолға қойылды. Сондай-ақ, мақалада келтирилиўинше, кластерге Әмиўдәрья районындағы 9 альтернатив машина-трактор парклары хызмет көрсетиўши 185 фермер хожалықлары бириктирилген. Усы фермер хожалықларының 7 мың 146 гектар майданына егилген пахтадан 17 мың 472 тонна өним алыў режелестирилген.
 
    2019-10-07 11:09:55 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine