Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ámiwdárya ústinen avtomobiller ushın kópir qurıw boyınsha peticiya járiyalandı



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
 
«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында Әмиўдәрья үстинен автомобильлер ушын көпир қурыў бойынша петиция жәрияланды. Бул ҳаққыгда Kun.uz хабар берди.
Мүрәжатта атап өтилиўинше, Әмиўдәрья районы Қыпшақ посёлкасында Әмиўдәрья үстинен көпирдиң қурылыўы районның 200 мың халқы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқына көплеген қолайлықлар жаратады.«Ҳәзирги ўақытта пайдаланылып киятырған «пантон» көпир қәўипсизлик талапларына толық жуўап бермейди. Ҳәр күни көплеген ҳәрекетлениўшилер усы көпир арқалы өтеди. Дәрьяда суў көбейсе ямаса кемейсе, кепсерленген жерлери бузылса көпир хызметинде үзилислер болады. Халық көпирдиң ислеп кетиўин саатлап күтип отырыўына туўра келеди, бәҳәрде муз ериген ўақытта көпирден пайдаланыў бир неше күнге тоқтап қалады. Халық ушын жол кирей баҳасы да көтерилип кетеди. Көпир хызмети ушын хызметкерлер, оңлаў жумыслары ушын да көплгене қаржы сарпланып келинбекте», – деп жазады мүрәжат авторы.
Мағлыўмат ушын, мүрәжат көрип шығылыўы ушын 5 мың даўыс топланыўы керек. Бул петицияға 88 күн ишинде даўыс бериў мүмкин.
 
    2019-05-28 14:49:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine