Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Америкалы инвестор Қоңыратта қурылыс кластерин дүзиў бойынша меморандумға қол қойды



Қоңырат районы ҳәкими Бердах Сапаров АҚШ тың "Stronghold Reserves. Lnc." компаниясының Президенти Виктор Суминди қабыллады. Ушырасыў даўамында тәреплер Қоңырат районында қурылыс кластерин дүзиў бойынша инвестиция жойбарын додалады. Виктор Николаевич Сумин Өзбекстанда инвесторлар ушын қолайлы орталық жаратылғанлығын атап өтти. - Ишки базарыңызды, геологиялық излеў, жуўмақларын, шараятларды үйренип шығып, районыңызда биринши басқышта – жылына 1,5 миллион тонна цемент ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе, улыўма қуны 213 миллион АҚШ долларын қурайтуғын жаңа цемент заводын қурыўды режелестиргенбиз, - деди америкалы исбилермен. - Қурылатуғын кәрханада жоқары маркалы арнаўлы цемент ислеп шығарыў бойынша заманагөй европа технологияларын, батыс менеджментин, сондай-ақ соңғы илимий-технологиялық жетискенликлерди енгизиў нәзерде тутылған. Екинши басқышта-газобетон гербишлер, темир бетон буйымларын, күйдирилген ҳәм күйдирилмеген ҳәк ислеп шығарыў комплексин қурыўды жобаластырғанбыз.
Итибарлы тәрепи, жойбардың иске асыўы менен 200 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Район ҳәкими Бердах Сапаров хәм Америка Қурама Штатлары "Stronghold Reserves.Lnc."компаниясы Президенти Виктор Сумин Қоңырат районында қурылыс кластерин дүзиў бойынша меморандумға қол қойды.
    2019-02-18 11:21:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine