Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

АМАНГҮЛ ҲИНДСТАН МӘМЛЕКЕТИНДЕ АЗИЯ ЧЕМПИОНЫ БОЛДЫ



22-25-март күнлери аралығында Ҳиндстан мәмлекетиниң Туна қаласында ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында спорттың кураш түри бойынша өткерилген Азия чемпионатында жерлесимиз Амангүл Алланазарова 57 килограмм салмақ категориясында қатнасып, алтын медаль жеңимпазы болды. Сондай-ақ, Өзбекстан бойынша халықаралық дәрежедеги төреши Нөкисбай Дәнияров усы чемпионатта төрешилик етип қайтты, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги. 26-март күни бул еки жерлесимизди Нөкис аэропортында салтанатлы түрде  күтип алыў мәресими өткерилди. Азия чемпионатына дүньяның 25 тен аслам мәмлекетлери қатнасып, Өзбекстан сайланды командасы командалық есапта биринши орынды ийеледи. Солай етип спортшыларымыз елимизге 10 алтын, 5 гүмис ҳәм 1 қола медальларын алып келди.
 
    2018-03-28 07:12:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine