Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Алиментлерди алдыннан төлеў тәртиби ҳаққындағы нызам тастыйықланды



Ҳүкимет қарары менен Алиментлерди алдыннан төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў мәжбүриятын тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў тәртиби ҳаққындағы нызам тастыйықланды, деп жазады Әдиллик министрлигиниң Телеграм каналы.
Нызамға муўапық, мәмлекет орынлаўшысы жумыс жүргизиўинде болған орынлаў ҳүжжети бойынша қарыздар тәрепинен өндириўшиге алиментлерди алдыннан төлеў есабынан көшпес ямаса көшетуғын мүлк яки басқа қымбат зат усынылыўы мүмкин.
Алиментлер суммасын алдыннан төлеў ямаса алиментлер төлеў мәжбүрияты бойынша гиреў дүзиў тек ғана қарыздардың алимент төлемлеринен қарыздарлығы болмағанда әмелге асырылады.
Алимент төлеў бойынша гиреў шәртнамасының дүзилиўи алимент төлеўши шахсқа белгиленген Өзбекстаннан шығыўын ўақтынша шеклеўди алып таслаў ушын тийкар есапланады.
Алиментлерди алдыннан төлеў бала ер жеткенине шекем ҳәр қандай дәўир ушын әмелге асырылады.
Буның ушын пукаралық ислери бойынша судқа арза менен мүрәжат етиледи.
Арзаға Мәжбүрий орынлаў бюросының район (қала) бөлими тәрепинен берилген алимент төлемлеринен қарыздарлығы болмағаны ҳаққындағы мағлыўматнама, сондай-ақ, мәмлекет орынлаўшысының алдыннан төлеў белгиленген алиментлер суммасын есаплаў ҳаққындағы қарары қосымша етиледи.
Алдыннан төлеў белгиленген алиментлер суммасы болса тийисли формула бойынша есапланады.
Сондай-ақ, бул қарар менен алиментлерди төлеў мәжбүриятын гиреў менен тәмийинлеў тәртиби белгиленип, оған муўапық ҳәр қандай мал-мүлк гиреў предмети болыўы мүмкин екени белгиленди.
Бунда гиреў қуны ең кем айлық ис ҳақысының еки жүз елиў есесинен кем болмаўы керек.
Алимент төлеў мәжбүриятын гиреў менен тәмийинлеў ҳаққындағы гиреў шәртнамасы нотариал тәртипте тастыйықланады.
    2018-10-10 12:24:58 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine