Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

АҚШда ислеп атырған Хожелиши жерлесимиз ҚМУға лекция оқыўға мирәт етилди



Президентимиздиң 2017-жыл 20-апрельдеги ПҚ-2909-санлы қарарында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2017-жыл 11-ноябрь күнги 87-03-2761-санлы хаты тийкарында университетимизде бир қанша шет ел мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынларында жумыс ислеп атырған ўатанласларымызды жумысқа шақырыў, олар менен шәртнамалар тийкарында бирге ислесиў ҳәм олардың тәжирийбелеринен пайдаланыў мақсетинде қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Солар қатарында АҚШ мәмлекетиниң Тенниси штаты Менфис қаласындағы Балалар илимий-изертлеў емлеўханасында есаплаў физикасы қәнигеси лаўазымында ислеп атырған жерлесимиз, PhD дәрежеси ийеси Фахриддин Пирлепесов 2018-жылдың декабрь айында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине лекция оқыўға мирәт етилди, деп хабар берди karsu.uz. 
Фахриддин Пирлепесов Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында туўылып, камалға келген. 1989-1994-жыллары Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика институты физика-математика факультетиниң «Физика ҳәм астрономия пәни оқытыӯшысы» тәлим бағдарында, 1996-1998-жыллары Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Ядро Институтында аспирантурада оқыған. Өз үстинде тынымсыз ислеп, инглис тилин жақсы өзлестирди ҳәм 1998-жылы АҚШтың Техас университетиниң Физика факультетине жумысқа шақыртылды. Ол 2005-жылы өзиниң көп жыллық илимий жумысларының нәтийжесинде PhD илимий дәрежесине ийе болды. Өз қәнигелиги бойынша жетик қәниге Техас университетиниң Неврология факультетиниң «Travel» сыйлығын алыўға еристи. Сондай-ақ, Медицинадағы физиклердиң Америка ассоциациясы, Sigma Xi, Илимий изертлеў, Америка физиклери жәмийетлери, Америка статистика ассоциациясының ағзасы.
 Оның илимий бағдардағы мийнетлери дүнья жүзи алымларының итибарын қаратқан. Биз, шет елде үлкен абырой ҳәм мәртебелерге ерисип, тынымсыз мийнет етип атырған ўатанласымызды мақтаныш етемиз ҳәм жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.
    2018-03-27 12:10:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine