Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

30 кг пахта терген ҳəр бир теримши ушын 1 л пахта майы берилип атыр



Өзбекстанда Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тəмийинлеў мəселелери бойынша Парламент комиссиясы дүзилген.
2018-жылдың 5-ноябрь күни Парламент комиссиясы ағзасы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўəкили (омбудсман) У.Мухаммадиев басшылығында “Тараққиёт стратегияси” орайы директоры, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутаты А.Бурханов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўəкили секретариатының аға референти А.Яшнарбеков ҳəмде Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тəмийинлеў мəселелери бойынша аймақлық комиссиясы баслығы Д.Қурбаниязов қатнасыўында усы жылдың пахта жыйын-терими мəўсиминде теримшилерге жаратылған шараятларды үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының Хожели районы “Əмиўдəрья” АПЖ аймағындағы “Жарқынбий” фермер хожалығы ҳəм Қанлыкөл районы “Наўрыз” АПЖ аймағындағы “Қанлыкөл Алланияз” фермер хожалығының пахта атызларында болды.
Ол жерде пахта жыйын-теримине қатнасып атырған теримшилер менен ушырасып, халық арасында мəжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша үгит-нəсият жумысларын алып барды.
Сондай-ақ, теримшилерге жаратылған шараятлар үйренилгенде бүгинги күнде 1 кг пахта терим пулы ушын 1000 сўмнан төленип атырғаны, буннан тысқары күнине 30 кг пахта терген ҳəр бир теримши ушын 1 л пахта майы берилип атырғаны, теримшилер түслик ўақтында ыссы аўқатлар менен тəмийинленип атырғаны мəлим болды.
 
 
Дерек: karakalpakstan.uz
    2018-11-06 11:35:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine