Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

3-9-ноябрь «Саламатлық ҳәптелиги» күнлеринде Қарақалпақстанда бийпул оперциялар өткериледи



Туркия ҳәм Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәмде Туркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги – ТИКА менен биргеликте әмелге асырылып атырған Туркия - Өзбекстан «Саламатлық ҳәптелиги» усы жылдың 3-9 ноябрь күнлери  Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында болып өтпекте.
Өзбекстан ҳәм Туркиялы жәми 38 шыпакер қатнасыўында болып өтетуғын акцияда пластик ҳәм реконструктив хиррургиялық ҳәм гинекологиялық операциялар әмелге асырылады. 2018-жыл Термиз ҳәм Ташкент қалаларында әмелге асырылған еки «Саламатлық ҳәптелиги»ның үшиншиси Нөкис қаласындағы Республика Педиатрия Медицина орайы ҳәм Онкология диспансеринде болып өтеди.
Акцияда керекли дәри-дармақлар ҳәм медициналық үскенелер Туркиядан әкелинген болып, акция даўамында Туркия ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тәжирийбели шыпакерлери тәрепинен бийпул медициналық хызмет көрсетиў мақсет етип қойылған.
«Саламатлық ҳәптелиги» шеңберинде Туркия ҳәм Өзбекстан шыпакерлери өз-ара тәжирийбелер алмасады.  7 күн даўам ететуғын акцияда 600 ге жақын наўқасларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм 200 адам әтирапында наўқасларды операция қылыў режелестирилген. Соның менен бирге, аўыр операцияларға мүтәж болған наўқасларды, барлық қәрежетлери Туркия Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм ТИКА тәрепинен қапланған ҳалда Туркияда емлениўин тәмийинлеў режелстирилген.
Туркия - Өзбекстан Саламатлық ҳәптелиги ациясы Қарақалпақстан Республикасы Денсақлықты сақлаў министри Дониёр Шомуродович Ходжийев,  Туркия Республикасының Өзбекстандағы айрықша жағдайлар ҳәм  толық ҳуқықлы елшиси Ахмет Башар Шен ҳәмде Туркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы ўәкили, жергиликли ҳәм шет ел баспасөз хызмети ўәкиллери қатнасыўында болып өткен илаж бенен басланды.
 
Парахат Ажимуратов
 
    2018-11-05 12:48:58 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine