Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

29-октябрьде Республикалық көз кеселликлери емлеўханасына Кореяның қайырхомлық шөлкеми келеди



2018-жылдың 29-октябрь сәнесинде Корея Республикасы «Siloam Center For The Blind» қайырқомлық шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасына келиўи күтилмекте. 
Янг Жонг Юн (Офтальмолог врач), Парк Хюнжу (Офтальмолог врач), Лим Ха Жин (Медсестра), Рю Жинёнг (Медсестра), Лее Сеонгкоок (Администратор), Коо Вонуоонг (Анестезиолог) лардан дүзилген делегация ағзалары 29-октябрьден 3-ноябрге шекемги аралықта пайтахтымыздағы Республикалық көз кеселликлери емлеўханасында болады.
Белгили болғанындай, делегация ағзаларының усы сапар етиўинен гөзленген тийкарғы мақсет – Қарақалпақстан Республикасындағы көз кеселлигине шалынған айырым наўқасларға медициналық жақтан қайырқомлық  көрсетиў болып табылады.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул илажлар Корея Республикасының «Siloam Center For The Blind» қайырқомлық шөлкеми менен Өзбекстан Республикасы «Саламат әўлад ушын» мәмлекетлик емес халықаралық қайырқомлық қоры арасындағы бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылмақта.
 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
    2018-10-29 12:16:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine