Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

2021-жылға келип  стандарт мийнет дәптершелери  электрон формаға алмастырылады



Өзбекистанда «Электрон мийнет дәптершеси» системасы енгизилмекте. 2019-жылдың 1- январынан баслап жумыс тәжрийбеси ҳәм социаллық қамсысызландырыў  төлемлерин төлеў мүддетлери электрон есап-санақ етиўге өтиў  режелестирилмекте, деп хабар береди Norma.uz порталы.
Электрон мийнет китапшасына төмендеги мағлыўматлар киритиледи:
– хызметшиниң паспорт мағлыўматлары;
– СТИР ҳәм ИНПС
– қасип-өнер тәлими, сол қатары, оқыўын тамамлағанлығы ҳаққындағы гүўалықлар (дипломлар);
– жумыс орны ҳәм лаўазымынын (кәсибин) көрсеткен ҳалда мийнет шәртнамасы мүддети, мийнет шәртнамасының өзгертилиўи ҳәм бийкарланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар.
Электрон мийнет дәптершесиндеги жазыўлар жумыс орнындағы мийнет стажы ҳаққындағы  мағлыўматнамаларға теңлестириледи. Буннан тысқары, хызметкер ҳәр қандай ўақытта салық мекемелеринен китапшаға киритилген мағлыўматты тастыйықлаған жағдайда  қағазға басып шығарған ҳалда алыў ҳуқықына ийе.
Хызметкер қәлеўине бола, 2021-жылдың 1-январына шекем «қағаз» дәптершеге  қолжазбалар  киритилиўи  мүмкин (егер дәптерше 2018-жылдың 1-январына шекем  берилген болса). 2021-жылдың 10-январынан кешиктирмеген ҳалда, «қағаз» мийнет дәптершелери  хызметкерлериниң өзлерине сақлаў ушын бериледи.
Усы мүнәсибет пенен, 2019-жыл 1-январдан кейин берилген мийнет дәптершелери ҳәм 2021-жыл 1-январь​ сәнесинен кейинги қағаз формадағы  мийнет дәптершелерине жазылған жазыўлар ҳақыйқый емес деп табылады.
 
    2017-11-01 10:39:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine