Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

2019-жылы Өзбекстанда интернет тезлиги артыўы мүмкин



Информация технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министриниң биринши орынбасары Олимжон Умаров 2019-жылы Өзбекстанда интернет тезлигин арттырыў менен байланыслы көрилетуғын илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Министрлик тәрепинен телекоммуникация хызметлери тезлиги ҳәм сапасын арттырыў, телекоммуникация инфраструктурасын жақсылаўға қаратылған 2019-2023-жылларға белгиленген Миллий бағдарлама жойбары ислеп шығылған ҳәм ҳәзирги күни келисиў процессинде.
Бағдарламаға тийкар:
– 120 000 километрден артық байланыс линиялары қурылыўы;
– 6 000 нан артық мобиль байланыс база станциялары қурылысы;
– кең полосалы тармақ сыйымлылығы 1,5 миллион портқа кеңейтилиўи;
– мағлыўматларды сақлаў ҳәм қайта ислеў орайлары сыйымлылығы кеңейтилиўи ҳәм жаңаларының қурылыўы;
– сыртқы интернетке жалғаныў қәбилетин қосымша 10 есеге арттырыў;
– сымсыз мағлыўмат узатыў – Wi-Fi тармақларын кең енгизиўге қаратылған илажлар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
 
    2019-01-08 17:08:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine