2019-жылға «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп атама берилди
2019-жылы исбилерменлик, бизнес ушын және де қолайлы орталық жаратыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын көбейтиў, пенсия тәмийнатын жақсылаў бойынша да көплеген жумыслар ислениўи керек.
Усылардың барлығы есапқа алынып ҳәм 2018-жылы басланған жумыслардың логикалық даўамы сыпатында Президентимиз 2019-жылды «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп атаўды усыныс етти.
253 бәнттен ибарат «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы 15-январьға шекем жәмәәтшилик додалаўы ушын қойылды.