Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

2018-жылдан баслап бир салық кемейеди



Салық кодексиниң текстинен абаданластырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў салығы ҳаққындағы барлық еслетпелер алып тасланды, деп хабар бермекте Norma.uz.
Юридикалық шахслар салық салыўдың улыўма белгиленген системасында пайдадан еки салық – пайда салығы ҳәм абаданластырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў салығын төлейтуғын еди. Соңғысы жергиликли салық есапланып, пайда салығы услап қалынғаннан кейин юридикалық шахстың ықтыярындағы қалған пайдадан төленетуғын еди. Бул салықтың 2017-жылдағы ең жоқары ставкасы 8%ти қураған еди.
Юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы ҳәм абаданластырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў салығы бирдей салық салыў базасына ийе болғаны себепли 2018-жылдан баслап олар бирден-бир пайда салығына бирлестирилди. бул:
- улыўма белгиленген салық төлеўшилер тәрепинен тапсырылатуғын есап-китап ҳәм есабатлар санын кемейтиў;
- салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў имканын береди.
 
    2018-01-05 10:56:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine