Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

2018-жыл ушын закат, фитр ҳәм фидя үлеси муғдары мәлим етилди



Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Фатво қурамы 2018-жыл (ҳижрий 1439-жыл) ушын закат үлеси 1 грамм тилләниң бүгинги күнде базарларымыздағы орташа баҳасы 188 235 сўм әтирапында екенин итибарға алып, 85 грамм тиллә есабынан закат үлеси 16 000 000 сўм екени ҳәм усы сумманың қырықтан бир (1/40) үлеси, яғный 400 000 сўм муғдарында закат шығарыўды мақуллады. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары мәкемеси баспасөз хызмети хабар бермекте.
Бул жылғы фитр садақасының муғдары ўәлаят, қала ҳәм район базарларындағы 2 килограмм бийдай баҳасынан келип шыққан ҳалда белгиленди. Мысалы, 2018-жылы Ташкент қаласы базарларында 1 килогограмм бийдайдиң баҳасы орташа 2500 сўм болса, демек, 2 килограмм бийдай баҳасы 5000 сўм болады.
Бул жылғы фидя муғдары турақлы кеширимли жағдай менен ораза тутпайтуғын инсанлар ушын аш адамның бир күнлик азық-аўқаты есесинде болып, орташа 12 000 сўм, деп белгиленди.
 
    2018-05-17 06:56:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine